Қарақалпақлар
Қарақалпақ халқы дәстүрли түрде еки арысқа бөлинеди — Он төрт руў ҳәм Қоңырат.
Бул мағлыўмат еле тексерилмеген. Қәте тапсаңыз, бизге хабар бериң.
Қарақалпақлардың руўлық дүзилиси көп басқышлы. Ең жоқарыда еки арыс турады: Он төрт руў ҳәм Қоңырат. Ҳәр бир арыс руўларға, руўлар тийрелерге, тийрелер болса киши тармақларға бөлинеди.
Ата-бабаларды жети атасына шекем билиў — қарақалпақларда әййемнен киятырған дәстүр. Бурын ҳәр бир адам өзиниң руўын, тийресин ҳәм жети атасын жатқа билген.
Қарақалпақ руўлары ҳаққында жазылған ең белгили шығармалардың бири — шайыр Бердақтың «Шежире» дәстаны.
Бул бөлим қалай толтырылады
Бул жердеги мағлыўматлар еле тексерилмеген. Егер сиз өз руўыңыз ҳәм тийреңиз ҳаққында билсеңиз — әсиресе ақсақаллардан еситкенлериңизди — бизге жибериң. Ҳәр бир мағлыўмат дереги менен бирге киритиледи.
